Қарақалпақстан Республикасы
жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигине қараслы басланғыш профессионал билимлендириў басқышында кадрлар
таярлайтуғын Нокис каласы 1-санлыкәсип-өнер мектебиниң
УСТАВЫ
1-бап. Улыўма қағыйдалар
1.Нокис каласы 1-санлы кәсип-өнер мектеби Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 6-сентябрьдеги ПФ-5812 парманына тийкар Нокис коммунал хожалыгы хам хызмет корсетиу касип-онер колледжи, Нокис каласы 1-санлы кәсип-өнер мектеби етип қайта шолкемлестирилди.
2.Бул Устав басланғыш профессионал билимлендириў басқышында кадрлартаярлайтуғын кәсип-өнер мектеплериниңстатусы, тийкарғы мақсет ҳәм ўазыйпалары, ҳуқық ҳәм мәжбүриятлары, соның менен бирге,хызметин шөлкемлестириў тәртибин белгилейди.
3.Нокис каласы 1-санлы кәсип-өнер мектеби– Халықаралық классификатордың 3-дәрежесине сай келиўши билимлендириў дәстүрлери тийкарында 9-класс питкериўшилерин социаллық қоллап-қуўатлаўға бағдарланған басланғыш профессионал билимлендириўбасқышында кадрлар таярлайтуғын билимлендириў орны болып есапланады.
4.Нокис каласы 1-санлыкәсип-өнер мектебиөз хызметин Өзбекстан РеспубликасыКонституциясыҳәм Нызамлары, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисипалаталарының карарлары, Өзбекстан Республикасы ПрезидентиниңПәрманлары, қарарлары ҳәм бийликлери, Өзбекстан РеспубликасыМинистрлер Кабинетиниң қарарлары ҳәм бийликлери, басқа Нызам ҳүжжетлери ҳәмде усы Устав тийкарында әмелге асырады.
5.Нокис каласы 1-санлыкәсип-өнер мектебинқаржыландырыў Өзбекстан РеспубликасыМәмлекетлик бюджети қәрежетлери есабынан әмелге асырылады.
6.Нокис каласы 1-санлыкәсип-өнер мектеби юридик шахсесапланады, өзиниң ғәрезсиз балансына, жеке мал-мүлкине, Өзбекстан РеспубликасыМәмлекетлик герби сүўрети түсирилген, аты мәмлекетлик тилде жазылғанмөрине, штампқа,мәмлекетлик үлгидеги бланкаларына, Қаржы министрлигиниң Қазнашылығында ҳәм оның аймақлық бөлимлеринде жеке 100010860354017092901350001 есап-бетине,сондай-ақ,сырт ел валютадағыҳәм басқаесап-бетлерине, реквизитлерине ийе болған,өзиниң атынан шәртнамалар дүзетуғын, мулкий ямаса жеке мулкий емесҳуқықларынәмелге асыратуғын, жүклетилген мәжбүриятларды орынлайтуғын ҳәмде суд, арбитраж органларындадаўагер ҳәм жуўапкер болатуғын оқыў орны болып табылады.
- 7. Нокис каласы 1-санлы кәсип-өнер мектебиниң рәсмий аталыўы:
а) мәмлекетлик тилде:
толық атамасы: “Нокис каласы 1-санлыкәсип-өнер мектеби”, қысқартылған аты – “Нокис каласы 1-санлы .К.Ө.М”;
б) инглиз тилинде: “Vocational school №1 of Nukus City»,кыскарттырылган аты –“VSc №1 of Nukus City»,
в) рус тилиндетолық атамасы:“Профессионалная школа №1 города Нукуса”,кыскарттырылган аты -ПШ №1 города Нукуса»
8.Нокис каласы 1-санлы кәсип-өнер мектебиниң жайласқан орны (почта мәнзили): 742000Қарақалпақстан Республикасы,Нокис каласы,А.Утепов кошеси номерсиз жай.
2-бап. Кәсип-өнер мектебиниңтийкарғы мақсет ҳәм ўазыйпалары.
- Нокис каласы 1-санлыкәсип-өнер мектебиниңтийкарғы мақсети:
– улыўма билим бериўши мектеплердиң 9-класс питкериўшилери есабынан шөлкемлестирилетуғын топарларда 2 жыллық улыўма билим бериў ҳәм кәсиплик пәнлериниңинтеграцияласқан дәстүрлери тийкарында күндизги билим түринде кадрлар таярлаўды әмелгеасырыў;
– оқыўшыларды таңлаған кәсиби бойыншазаманагөй талапларға жуўап бериўши, пухта билим, әмелий билим ҳәм көнликпеге ҳәмде жоқары руўхый әдеп-икрамлылықсыпатларына ийе болған, интеллектуал тәрептен жетик кадрлар етип таярлаўдан ибарат.
10.ТөмендегилерНокис каласы 1-санлы кәсип-өнер мектебиниңтийкарғы ўазыйпалары болып есапланады:
-экономикалық тараў ҳәм тармақлардағы зәрүр тараўлықкәсип-өнербойынша билим, уқыпҳәмкөнликпелерге ийе болған ҳәмде заманагөй ахборот-коммуникация технологияларынқоллап билетуғынқәнийгелер таярлаў;
-ийелеген кәсип-өнери бойынша мийнет хызмети менен шуғылланыў ҳуқықын беретуғын, сапалы билим алыўын ҳәм кәсиплик таярлығын тәмийинлейтуғын билимлендириў дәстүри тийкарында оқытыў;
-таңлап алынған кәсип-өнерин ийелеўи дәўиринде оқыўшылардың кәсиплик уқыплығын, көнликпе ҳәм уқыпларынраўажландырыў;
– билимлендириў стандартлары талапларынакөре оқыўшылардың уқыпҳәм көнликпелерин раўажландырыў;
– билимлендириў процессии ушын зәрүр болған материаллық- техникалық, оқыў-методикалық базасын жаратыў ҳәм оқыўдәўиринде жоқары жумыс тәжийбесине ийе болған әмелиятшы қәнийгеликлерди тартыў жумысларын әмелге асырыў;
– кәсип-өнерге таярлаў системасы ҳәм мазмунын жәмийеттиң талапларынан,пән, мәденият ҳәмзаманагөй инновацион техника жетискенликлеринен келип шыққан ҳалда раўажландырыў;
– оқыўшыларда ўатансүйиўшилик, миллий өзликти аңлаў, ҳалқымыздың миллий, мәдений, тарийхый үрп-әдетлерине ҳүрмет, Ўатанымыз бенен мақтаныш сезиминраўажландырыў;
– оқыўшылардаруўхый-әдеп-икрамлылықты тәрбиялаўдыңнәтийжели усылларынан ҳәм түрлеринен пайдаланған ҳалда камал таптырыў;
– оқытыўшы, оқыўшылардың ден-саўлығын сақлаў, саламат турмыс тәрзин үгит-нәсиятлаў, олардың билим алыўы, турмысыҳәм демалыўы ушын жетерли шәрт-шараятлар жаратыў.
3-бап. Нокис каласы 1-санлыкәсип-өнермектебиниң
ҳуқық ҳәм мәжбүриятлары.
- Нокис каласы 1-санлыкәсип-өнер мектеби:
– Өзбекстан Республикасыаймағындаўәкилликшеңбериндеөзиниңатынан юридик ҳәм физикалық шахслар менен шәртнамалар ҳәм басқаҳүжжетларди дүзиў;
-Өзбекстан Республикасыныңәмелдеги нызамлары менен қадаған етилмеген ҳәм усы Уставқа қайшы болмаған хызметлерди әмелге асырыў;
– тәлим-тәрбия сыпатынҳәм нәтийжелилигин асырыў мақсетинде оқытыўшылар ҳәм ислеп шығарыў тәлими усталары арасындасаламат бәсеки орталығын пайда етиў мақсетинде таңлаўлар шөлкемлестириў ҳуқықына ийе.
– Нокис каласы 1-санлы кәсип-өнер мектеби нызам ҳүжжетларинемуўапық басқа даҳуқыкларға да ийе болыўы мүмкин.
- 12. Нокис каласы 1-санлы кәсип-өнер мектеби::
– Өзбекстан Республикасы Конституциясы, ӨзбекстанРеспубликасының “Билимлендириў ҳаққында”ғыНызамы, Өзбекстан РеспубликасыПрезидентиниң тәлим-тәрбия тараўындағы Пәрманлары, қарарларыҳәм бийликлери, Өзбекстан РеспубликасыМинистрлер Кабинетиниң тийисли қарарларыҳәмбийликлери, Өзбекстан РеспубликасыЖоқары ҳәморта арнаўлыбилимлендириў министрлигиниң норматив ҳүжжетлеринде белгиленгенўазыйпаларды орынлаў;
– Тәлим стандартлары, оқыў режеси ҳәм оқыў дәстүрлери тийкарында сыпатлыкәсип-өнер билим бериўи;
– кәсип-өнер мектеби ахборот – китапхана технологиясы фондынулыўма оқыўшылар санын есапқа алған ҳалда заманагөй талапқа жуўап беретуғын оқыўлықларҳәм оқыў-методикалық әдебиятлар (соның ишинде, көркем әдебиятлар)топламы менен жетерли дәрежеде тәмийинлениўин шөлкемлестириў;
– кәсип-өнер мектеби оқыўшыларында жоқары руўхый– әдеп-икрамлылықҳәм миллий өзлигин аңлаў сыяқлы сыпатларды раўажландырыў;
– кәсип-өнер мектебиоқытыўшылары ҳәм ислеп шығарыў тәлими усталарының қәнийгелигин асырыў, тәжрийбеалмасыўын шөлкемлестириў ҳәм материаллық жақтан қоллап-қуўатлаў;
– билимлендириў процесси қатнасыўшыларын социаллық қорғаў;
– педагогикалық хызмет сыпаты, социаллық атамасы ҳәм абырайын асырыў бойынша хызмет көрсетиўи;
– мийнетти қорғаў талапларына жуўап беретуғын тәлим-тәрбияҳәммийнетшәриятларын жаратыў зәрүр.
– кәсип-өнер мектеби нызам талапларына муўапық басқа да мәжбүриятларды да алыўы мүмкин.
4-бап. Билим алыўшылар.
13 .Нокис каласы 1-санлыкәсип-өнер мектебине оқыўға қабыл қылынған пуқара бул билим дәргайының оқыўшысы есапланады.
- Кәсип-өнер мектеби оқыўшыларына оқыўшылық гуўалығы бериледи.
- Кәсип-өнер мектеби оқыўшылары:
– билим алыўға болған конституциялық ҳукықларынанпайданалып,тийисли кәсиплер бойынша заманагөй илим, пән-техниканың раўажланыўынасайтеориялықва әмелий билим алыўы;
– тәлим-тарбия процессидаўамында оқыў-техника үскенелери ҳәм әсбаплардан,пән кабинетлери ахборот-китапханасы фондынан ахборот-китапхана оқыў залы ҳәм басқа оқыў, жәрдемши ханалардан, спорт имаратларынан, кәсип-өнер мектебине қараслы медициналық ҳәм техник үскенелерден бийпул пайданалыўы;
– район, қала, аймақ ҳәм республика көлеминдеөткерилетуғын түрликөрик-таңлаўлар, спорт жарыслары, әмелий семинарлар,конференцияларда қатнасыўы;
– кәсип-өнер мектебиндешөлкемлестирилген ҳәр түрли иләжларға ҳәмдөгереклерге қатнасыўы;
– кәсип-өнер мектебиЖаслар аўқамының басланғыш шөлкеминде сайлаў ҳәм сайланыў, тәлим-тәрбия процессине байланыслы мәселелер бойынша ўәкиллигишеңбериндеусыныслар киритиўи, соның менен бирге, оқыўшылар қатнасы, олардың ишки тәртип-қағыйдаларға бойсыныўы, басқа мәселелерди додалаўда қатнасыў ҳуқықына ийе.
– кәсип-өнер мектебиоқыўшыларынызам ҳүжжетлерине муўапықбасқа ҳуқықларға даийе болыўы мүмкин.
- Кәсип-өнер мектеби оқыўшылары:
– тәлим-тәрбия процессинде кәсип-өнер мектеби Уставына, ишкитәртип-қағыйдаларға, әдеп-икрамлық, кийиниў мәдениятыҳәм оқыўшы-жаслар үйинде жасаў қәделерине қатаң әмел қылыўы;
– оқыўҳәмәмелий шынығыўларға толық қатнасыўы,пәнлер бойынша оқыў дәстүри тийкарында билимлерди турақлы түрде өзлестирип барыўы,оқытыўшылар ҳәм ислеп шығарыў тәлими усталары тәрепинен берилген тапсырмаларды орынлаўы ҳәмде сабақларға таярлық көриўи;
– тәлим-тәрбия процесси даўамындаоқыў-техникалықәсбап-үскенелерден, пән кабинетлери, ахборот-китапхана фондынан, оқыў залыҳәм басқаоқыў, жәрдемши ханалардан, спорт үскенлеринен, кәсип-өнермектебине тийисли үскенелерден техника қәўипсизликгине әмел еткен халда пайдаланыўға;
– оқыў режесинде белгиленген мүддетлердеәмелиятларды толық өтеўи;
– пән кабинетлери, ахборот-китапхана, оқыў залыҳәм спорт залында,асхана, жатақхана ҳәм устаханаларда санитария-гигиена, техника ҳәм өрт қәўипсизлиги талапларына қатаң әмел қылыўға;
– кәсип-өнер мектебиаймағында уялы телефонлардан пайдаланыўды тәртипке салыўшы тийисли ишки тәртип-қағыйдаларға бойсыныўға мәжбүр болып табылады.
– кәсип-өнер мектебиоқыўшыларынызам ҳүжжетлерине муўапықбасқа мәжбүриятлардыдаалыўы мүмкин.
17.Оқыўда ерискен табыслары, дөретиўшилик хызметиҳәм жәмийетлик жумысларда белсене қатнасқан оқыўшыларға хошаметлеўдиң түрли түрлери қолланылады.
18.Ишки тәртип ҳәм әдеп-икрамлылық қағыйдаларын бузған ҳәм ҳуқықбузарлық ҳәрекетлерин садыр еткенокыўшыларға интизамый жазашаралары қолланылады.
5-бап. Оқыў тәрбиялық ҳәм илимий-методикалық жумыслар
19.Оқытыўшылар, ис бериўшилер, оқыўшылар билимлендириў процессиниңқатнасыўшылар болып есапланады.
- Нокис каласы1-санлы кәсип-өнер мектебинде:
– оқыў мүддети 2 жыл болып, тәлим күндизги түрдеәмелгеасырылады;
– оқыўшылароқытыў курслары ҳәм тили бойынша топарларға, оқытыў бағдары бойынша бөлимлерге бирлестириледи;
– топарлардаоқыўшылар саныӨзбекстан РеспубликасыМинистрлер Кабинети тәрепинен белгиленген талаплар тийкарында белгиленеди;
– оқыў жылының басланыўы, тамамланыўы, ҳәптелик жүклеме,дем алыслар мүддети, даўамлылығы, соның менен бирге, оқыў-тәрбия процесси жуўмақларын белгилеў түрлери, әмелият түрлери ҳәмжуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестациясын өткериў тәртиби ҳәмде билимлендириў процессине тийисли болған басқа талаплар нызамшылықта белгиленген тәртипте тастыйықланған оқыў режелери ҳәм басқа норматив ҳүжжетлер тийкарында белгиленеди;
– кәсип-өнер мектебиндебарлық түрдеги оқыў шынығыўларының даўамлылығы тийисли норматив ҳүжжетлер менен белгиленеди.
21.Билимлендириўди шөлкемлестириў тәлим стандартларытийкарында ислеп шығылған тәлим дәстүрлери (малака талабы, оқыў режеси ҳәм оқыў дәстүрлери) тийкарында белгиленеди.
22.Оқыўшылардың теориялық ҳәмәмелий көнликпелери нормативҳүжжетлерде белгиленген тәртиптеанықластырылады.
- Кәсип-өнер мектебинде оқытыў курсы тамамланғаннан кейин қадағалаўлардың жуўмақлаўшы нәтийжелери тийкарындаоқыўшыныгезектеги курсқа өткериў, курста қалдырыў ҳәм оқыўыңкөшириў ҳаққындағы қарар қабыл қылынады.Оқыўшыларды курстан курсқа өткериў, курста қалдырыў кәсип-өнер мектеби педагогикалық кеңесиниң қарары ҳәм директордың буйрығы менен рәсмийлестириледи.
24.Оқыўшыларды кәсип-өнер мектебинде оқытыў тәлимниңпән ҳәм ислеп шығарыў менен өз-ара бирге ислесиўитийкарында әмелге асырылады.
25.Кәсип-өнер мектеби оқыўшыларының кәрхана ҳәм шөлкемлердесистемалы тийкарда ислеп шығарыў ҳәм қәнийгелиги бойыншамалакавийәмелият өтиўи ушын шәрт-шәраятлар жаратылады.
26.Оқыў режеси ҳәм пән дәстүрлериниңбарлық талапларын орынлаған оқыўшы кәсип-өнер мектеби педагогикалық кеңесиниңқарары тийкарында директордың буйрыгы мененжуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестациясыимтиханларына жибериледи. Жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестациясы әмелдеги норматив ҳүжжетлергетийкаряки “Әмелий-көргизбели” имтиҳан тапсырыў түринде өткериледи.
27.Жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестациясы комиссияси қарары менентәлим алған қанийгелиги (жумысы) ҳәм ийелеген малакаси (малакалари) көрсетилген халда мәмлекетлик үлгидеги диплом бериледи.
- Дипломға өзлестирилген пәнлер дизими, өтилген саатлар саны, оларды өзлестириў дәрежеси (баҳалар) ҳәмЖуўмақлаўшымәмлекетлик аттестациясынәтийжелери көрсетилген бет қосымша қылынады.
29.Кәсип-өнер мектебин тамамлағанлығы ҳаққындағы дипломийелеген билим ҳәм квалификациянымийнет базарында әмелгеасырыўҳуқықын береди.
30.Оқыў-методикалық, илимий-методикалықҳәм тәжрийбежумысларын әмелге асырыў мақсетиндекәсип-өнер мектебинде пәнлер бойынша методикалықбирлеспе (шөлкем)лер шөлкемлестириледи.
31.Оқыў процесси түри илимий тийкарланған инновацион усылҳәмоқытыўусылларын таңлаў тийкарында шөлкемлестириледи.
32.Нокис каласы 1-санлыкәсип-өнер мектебиндеруўхый-ағартыўшылық ҳәм тәрбиялық жумысларықәдириятларға ҳәм миллий үрп-әдетлерге тийкарланады:
– кәсип-өнер мектебиндеўатансүйиўшилик ҳәм миллий ғәрезсизлик идеяларға садақатлы ҳәмде жәмийеттиң раўажланыўынаөз үлесин қоса алатуғын шахсты тәрбиялаўоқыў процесси менен тиккелей байланыслы “Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық” жәмәәтшилик орайы, Жаслар аўқамы басланғышшөлкеми,шахстыңдөретиўшилик белсендилигин раўажландырыўшы фондлардыңбелсендилик пенен әмелге асырады;
– жасларды руўхый-әдеп икрамлылыққатарбиялаўда халықтын бай миллий-мадений, тарийхый үрп-әдетлерине тийкарланған тәрбиялық жумысларының түрликөринислерин улыўмаластырыў түрлерин кең ен жайдырыў мақсетинде кәсип-өнер мектебиниң веб-сайты ҳәм социаллық бетлериндежаратыў жолға қойылады;
– оқыўшылардың өз интеллектуал дәрежесин асырыўлары ушынкөркем әдебиятларды оқыўға қызықтырыў, китапоқыўҳәм китапханлықмәдениятынасырыўғабайланыслы үгит-нәсият жумысларын алып барыў жаңа әдебий китаплардың көргизбесиншөлкемлестириўҳәм үгит-нәсиятлаў арқалы әмелге асырылады;
– жас әўладты руўхый-әдеп икрамлылық, миллий идеяларға садық ҳәм ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, жекедүньяқарасқа ҳәм пикирлеўге ийе болған руўхый бай ҳәм ҳәр тәреплеме камал тапқан шахстытәрбиялаўда миллий-мәдений, тарийхый үрп-әдетлерге ҳәмдемиллий қадриятларға тийкарланған тәрбиялық жумыслардың түрли формалары қолланылады.
6-бап. Оқыў орнын басқарыў.
33.Кәсип-өнер мектебинеӨзбекстан РеспубликасыЖоқары ҳәм орта арнаўлы министри тәрепинен тайынланған директор басшылык кылады.
Кәсип-өнер мектебихызметин басқарыў директор тәрепинен әмелге асырылады.
Директор:
– кәсип-өнер мектебиниң жумысын жүритиўге жеке жуўап береди.;
– мәмлекетлик органлар, юридик ҳәм физикалық шахслар, сондай-ақ, басқашөлкемлер менен мүнасабетлерде Кәсип-өнер мектебиатынан ис жүритеди;
– белсенди оқытыўшылар, ислеп шығарыў тәлими усталары ҳәм хызметкерлердиң мийнетин материаллық хошаметлеў шараларын көреди;
-өзўәкилликшеңберинде хызметкерлер тарепинен орынланыўы шәрт болған буйрықлар шығарадыҳәм көрсетпелер береди;
-өзўәкилликшеңберинде басқа функциялардыорынлайды.
– Директор админстрация жумысларының нәтийжелери бойынша педагогикалыккеңеси, Жокары билимлендириў,илим хам инновациялар министрлигинин Каракалпакстан Республикасы аймаклык баскармасына ҳәм ўәзирликке есабат береди.
- Кәсип-өнер мектебиниң жоқары органы Педагогикалықкенес есапланады.
Педагогикалыккеңес:
– кәсип-өнер мектебин раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын, басланғыш профессионал билимге ийе кадрлар таярлаў ҳәм тарбиялаў сыпатын асырыў ҳәм жетилистириўди;
– оқыўшылардықабыл етиў, курстан курсқа өткериў ҳәм қалдырыўмәселелерин үйренип шығады ҳәмде тийисли қарарлар қабыл қылады;
– оқытыўшылар ҳәм ислеп шығарыў тәлими усталарыныңдөретиўшиликбелсендилигин асырыў, олардың педагогик тәжирийбесин ен жайдырыў бойынша қәнийгелигин асырыў жумысларының шөлкемлестирилгенлигин додалайды;
– тийислинорматив ҳүжжетлер талапларына муўапық; оқытыўшылар ҳәм ислеп шығарыў тәлими усталарына кәсиплик категория бериў ҳәмде базалықтариф ставкасына белгиленгенүстеме ҳакы төлеўлерин белгилеў ҳаққындағы мәселелерди үйренип шығады ҳәм тийисли категорияларға усыныс береди;
– Мәмлекетлик аттестация комиссиясыҳәм кабыллаў комиссиясыесабатларын талықлайды;
– Педагогикалық кеңес қурамынакәсип-өнер мектеби директоры, оның орынбасарлары, оқытыўшылар, ислеп шығарыў тәлими усталары, психолог,мәлимлеме-китапхана орайы бойынша қәнийге киреди. Педагогикалық кеңес қурамына зәрүриятқа қарапислеп шыгарыў кәрханалары ҳәм ис бериўшилердиң ўәкиллери киритилиўи мүмкин. Директор Педагогикалықкеңес баслығы болып есапланады.
- Педагогикалықкеңес мәжилислери еки айда кеминде бир мәрте өткериледи, зәрүржағдайдагезектен тысқары Педагогикалықкеңес мәжилиси өткерилиўи мүмкин. Кеңес қарары улыўмалық, ашық даўыс бериў аркалы қабыл кылынады. Педагогикалық кеңес қарарлары директордың буйрығы менен күшке киреди.
36.Кәсип-өнер мектеби штатлар кестеси белгиленген тәртипте ислепшығылады, тастыйықланады ҳәмде дизимнен өткериледи.
37.Кәсип-өнер мектебинде Педагогикалық кеңес, методикалық кеңес,ата-аналар кеңеси дүзиледи ҳәм хызмет көрсетеди.
38.Кәсип-өнер мектеби қурамында кәсиплик аўқам бирлеспеси, ҳаял-кызлар шөлкеми, Өзбекстан Жаслар аўқамы ўәкили, педагогик кеңеси ҳәмде кәсип-өнер мектебиндеги тәлим-тәрбия процессине жуўапкерболған басқа жәмәәтлик шөлкемлер дүзилиўи мүмкин.
39.Кәсип-өнер мектебиндепән кафедраларышөлкемлестириледи.Шөлкемлестирилген кафедралар олардың хызмети ҳақкындағы нызамлар менен тәртипке салынады.
40.Кәсип-өнер мектебиоқытыўшылары ҳәм ислеп шығарыў тәлими усталары менен бирге ислесиўши шөлкемлер ортасында билимлендириў сыпатын асырыўға бағдарланған бирге ислесиў жолға қойылады.
7-бап. Педагог хызметкерлер, оқыў тарбия хызметкерлери.
41.Тийисли жоқары мағлыўматқа, кәсиплик таярлыққа ҳәмде жоқары мораллық қәсийетлерге ийе болған шахслар кәсип-өнер мектебинде педагогикхызмет пенен шуғылланыў ҳуқықына ийе.
- Педагогларды жумысқа қабыл қылыў, олардыңоқыў жүклемесин белгилеў нызам ҳүжжетлерине белгиленген тәртипте әмелге асырылады.
43.Оқытыўшылар ҳәм ислеп шығарыў тәлимиусталарының педагогикхызмет дарежесин баҳалаў ушын аттестациядан өткериў ҳәм қәнийге категориясын бериў тартиби тийисли норматив ҳүжжетлерге тийкар әмелге асырылады.
44.Оқытыўшылардың педагогик, психологик, кәсиплик шеберлигин ҳәм қәнийгелигин асырыў, оларды қайта таярлаў 3 жылда кеминде бир мәрте әмелге асырылады.
45.Топарларда оқыў, руўхый-ағартыў, тәрбиялық ҳәмде шөлкемлестириў жумысларына басшылық етиў ушын оқытыўшылардан топар басшылары тайынланады.
46.Оқытыўшылар, ислеп шығарыў тәлими усталары ҳәм хызметкерлердиң ҳуқықлары ҳәм ўазыйпалары, лаўазым ўазыйпалары, қәнийге талаплары ҳәм мәжбүриятлары кәсипке қойылған талаплар менен белгиленеди ҳәм Өзбекстан Республикасыныңмийнет ҳаққындағынызамлары тийкарында тәртипке салынады.Оқытыўшылар, ислеп шығарыў тәлими усталары ҳәм хызметкерлер педагогикалық хызметиниң, тәрбиялық ҳәм илимий процессте жоқары нәтийжеге ерисиўи, оқыўшыларда ғәрезсизлик, белсендилик, дөретиўшилик қәбилетин, зәрүркәсиплик көнликпелерди раўажландырыўға, кәсип-өнер мектебиниңУставынабойсыныўға мәжбүр.
47.Оқытыўшылар, ислеп шығарыў тәлими усталары ҳәм хызметкерлер Өзбекстан Республикасының мийнет ҳаққындағы нызамлары тийкарында лаўазымға тайынланадыҳәм лаўазымнан азат етиледи.
48.Оқыў-тәрбия процесси сыпатының жоқарылаўына салмақлы үлес қосып атырған, жоқары кәсиплик шеберликке ийе болған;
– оқыўшыларда әмелий көнликпелер ҳәм дөретиўшиликхызметиниң раўажланыўындағы үлеси ушын;
– оқытыўшылар ҳәм ислеп шығарыў тәлими усталарының илимий-иззертлеўшилик жумысларындағы белсендилиги ушын;
– жәмийетлик, руўхый-ағартыўшылықҳәмжәмийет өмиринде белсенди қатнасқаны ушынокытыўшы, ислеп шығарыў тәлими усталарыҳәмхызметкерлер хошаметленеди.
8-бап. Жәмәәтлик шөлкемлери.
49.Кәсип-өнер мектебинде оқытыўшы, ислеп шығарыў тәлими усталары, админстративлик ҳәм жәрдемши хызметкерлерди бирлестириўши жәмәәтшөлкемлери хызмет көрсетеди. Жәмәәтликшөлкемлердиң хызмети әмелдеги нызам ҳүжжетлерине муўапық әмелге асырылады.
50.Жаслар аўқамының басланғыш шөлкеми оқыўшыларды өз қәлеўи менен бирлестиреди.Жаслар аўқамының басланғыш шөлкеминиң мақсет ҳәм ўазыйпалары кәсип-өнер мектеби жасларын бирлестириў, саламат турмыс тәрзи тийкарында тәрбиялаў, жәмийетте мүнәсип орнын ийелеўине көмеклесиў, олардың мәплеринҳәр тәреплеме қорғаўдан ибарат.
51.Өзбекстан Республикасының “Өзбекстан Республикасындажәмәәтлик шөлкемлер туўрысында”ғыНызамда белгиленген тәртиптедизимнен өткерилген кәсиплик аўқамы комитети кәсип-өнер мектеби хызметкерлери ҳәм оқыўшыларының кеўилли жәмәәтликбирлеспеси сыпатында тан алынады.Кәсиплик аўқамы комитети Өзбекстан Республикасының “Кәсиплик шөлкемлери, олардың ҳуқықлары ҳәм хызметиниң кепилликлери туўрысында”ғы Нызамға ҳәм басқа тийисли норматив ҳүжжетлерге тийкарланып ис көреди.
9-бап. Кәсип-өнер мектебиниң мал-мүлки ҳәм қарежетлери
52.Кәсип-өнер мектеби өзиниң финанс-хожалық хызметинӨзбекстан РеспубликасыМәмлекетлик бюджети қаржылары ҳәм нызамда қадағаланбаған басқа тараўларесабынан әмелге асырады.
53.Оқытыўшы, ислеп шығарыў тәлим усталары, хызметкерлердиң ис-ҳақысы сыпатлы хызмети ушын оларды хошаметлеў муғдары ҳәм ис ҳақына үстемелер нызам ҳүжжетлеринемуўапықбелгиленеди.
54.Бюджет қаржылары кәсип-өнер мектебиниң ықтыярында болады ҳәм олар нызамшылықта белгиленген тәртипте Уставда белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде пайдаланылады
- Кәсип-өнер мектебиниң объектлери ҳәм мал-мүлкинен оқыў шынығыўларыдәўиринде исбилерменлик хызметин әмелге асырыў мақсетинде пайдаланыўға болады.Атап айтқанда ““В” ҳәм “ВС” тайпалы автомобиллер айдаўшысы” толемли кыска муддетли окыу курсларын,хар турли панлер бойынша репетитор курсларын шөлкемлестириў.
56.Пән кабинетлери, устахана ҳәм басқа объектлерниң оқыў-методик ҳәм техник үскенелениўи үлги нормативлер менен белгиленеди.
57.Кәсип-өнер мектебиниңмал-мүлкинен нәтийжели ҳәм мақсетке бағдарланған түрде пайданалыў ушын нызам ҳүжжетлерине муўапық директор толық жуўап береди.
58.Кәсип-өнер мектеби өзиниң финанслык хызмети әмелге асырыўы ушын әмелдеги нызам ҳүжжетлерине муўапық бухгалтерия ҳәм статистика есабын жүритеди, финанслық хызметти турақлы түрде анализ қылады ҳәмде қаражетлердиң мақсетли пайдаланыўын тәмийинлейди, финанслық ҳәм статистик есабатларды нызам ҳүжжетлеринде белгиленген мүддетлерде тийисли уйымларға тапсырады.
59.Кәсип-өнер мектебиниң финанс-хожалық хызметин қадағалаўға алыўнызам ҳүжжетлеринемуўапықўәкилликли уйымлар тәрепинен әмелге асырылады.
10-бап. Қайта шөлкемлестириў ҳәм жумысын тоқтатыў
- Кәсип-өнер мектебинызамда белгиленген тәртипте ўәкилликлиорганлар тәрепиненшөлкемлестириледи ҳәм жумысы тоқтатылады.
Өзбекстан Республикаси Президентиниң 2019-жыл 6-сентябрьдеги ПФ-5812 Парманына тийкар.
.
Өзбекстан Республикаси Министрлер Кабинетиниң
2020-жыл “ 7 ” августтағы 466-санлы қарарынатийкар.
Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў Министрлигиниң 2020-жыл “14” августтағы 421-санлы буйрығы тийкарында.
Нокис каласы 1-санлыкәсип-өнер
мектеби директоры:- М.Сейтбеков.
Нокис каласы юрист консультанты Х.Аметов.